
Лютер
ХVI әсир басларында Европа еллеринде руўхый қараңғылық ҳүкимдарларлық етип атырған еди. Халықтың руўхый саўатсызлығынан пайдаланған Рим папасының сиясаты индульгенцияны ойлап табады.
Шығарылған жылы
2003
Жанр
Биография, драма, история
Узаклығы
2 саат 3 минут
Ел
АҚШ
Сипатлаў
Мухаддес Китапты аўдарыў қадаған етилгенликтен, халықлар өз ана тилинде Мухаддес Китапты оқый алмас еди. Ал руўхый саўатсыз халықты алдаў ҳәм тонаў - Рим ширкеўи ўәкилликлерине кең жол ашып береди. "Қыйын дәўирлер күшли қаҳарманларды дүньяға шығарады" дегендей, сол қараңғылық ҳүкимдарларлық етип атырған дәўирде жанып турған шырадай Мартин Лютер пайда болады.
«Лютер» фильми XVI әсир басларындағы Европада болған улуу руўхый өзгериў дәўирин баян етип өтеди. Сол вақытта Рим папалығы халықтың руўхый саўатсызлығынан пайдаланып, индульгенция сияқлы жалған үйретпелер арқылы адамларды алдап, байлыққа малынады. Мухаддес Китапты өз тилинде оқыў қатаң түрде тыю салынған еди, сондықтан халық Құдай сөзин өз көзи менен көре алмас болды.






