
Люси Шиммерс ҳәм тынышлық шахзадасы
фильми - еми жоқ кеселликке шалынған, жүдә ақыллы, дана, қатты қурбаншыл, қуўанышқа толы Люси атлы бес жасар бир қыз ҳаққында.
Шыққан жылы
2020
Жанр
семейный, драма
Даўамлылығы
1 саат 27 минут
Ел
АҚШ
Сүўретлеў
Ол емлеўханаға түседи ҳәм емлеўханада Эдгар атлы жүреги тас болып қалған, түскинликтиң ең терең шуқырлығына түсип кеткен жынаятшы менен ушырасады. Қызығы, Люси оны ҳәр дайым түслеринде көретуғын еди. Люси ҳәмме уйықлап атырғанда, Эдгардың палатасына барыўды шешеди. Бирақ оған палатасынан шығыўға рухсат жоқ еди, оннан қалса, Эдгарды қәўипли жынаятшы сыпатында бир полиция хызметкери күни-түни қараўыллап, оның палатасына ҳеш кимди киргизбейтуғын еди. Сонда да сүйиспеншиликке толған Люси оған барыўға тәўекел етеди. Фильмди шаңарақ ағзаларыңыз бенен биргеликте тамаша етсеңлер болады.
«Люси Шиммерс ҳәм тынышлық шахзадасы» (Люси Шиммерс и принц мира) фильми – еми жоқ кеселликке шалынған, жүдә ақыллы, дана ҳәм сүйиспеншиликке толы бес жасар Люси атлы қыздың әсерли өмир баяны. Ол емлеўханаға түскенде, жүреги тас болып қалған, өмирден үмидин үзген қәўипли жынаятшы Эдгар менен ушырасады. Қызығы, Люси оны алдыннан түслеринде көретуғын еди. Барлық тыйымларға қарамастан, Люси сүйиспеншилик ҳәм мийирим арқалы Эдгардың жүрегине жол табыўға тәўекел етеди. Бул фильм кеширим, мийирим ҳәм ҳақыйқый тынышлықтың не екенлигин терең мағынада ашып береди. Фильмди шаңарақ ағзаларыңыз бенен биргеликте тамаша етиўге толық лайық.






